blog image

Таӊлаў

«ЖАӉЛАҒАН ҲАЎАЗЫӉ ТИЛЛЕРДЕ ДӘСТАН»

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «халық ҳәўескерлик жәмәәти» атағына ийе қосық ҳәм ойын ансамбльлери арасында «Жаӊлаған ҳаўазыӊ тиллерде дәстан» атамасында таӊлаў болып өтти.
Оған республикамыздыӊ қала ҳәм районларынан 10нан аслам жәмәәтлер қатнасты. Таӊлаўдыӊ ашылыў мәресиминде Мәденият министриниӊ биринши орынбасары Б.Аллаков сөзге шығып, өткерилип атырған таӊлаўдыӊ әҳмийетине кеӊнен тоқтап өтти.
Таӊлаў жуўмағында биринши орынды Тахтакөпир районлық Мәденият бөлиминиӊ «Шуғла», екинши орынды Шоманай районлық мәденият бөлиминиӊ «Ғулпақ» ҳәм Елликқала районыныӊ «Бостан», үшинши орынды Әмиўдәрья районнан « Ушқын» ҳәм Нөкис қаласынан «Айдынлар» қосық ҳәм ойын ансамбльлери жеӊип алды.
Ал, Қараөзек районыныӊ «Айдын», Қанлыкөлден «Қыз минайым», Тахтакөпир районынан «Саржайлаў», Кегейли «Жилўа», Берунийден «Ёғду» қосық ҳәм ойын ансамбльлери таӊлаўдыӊ хошаметлеўши сыйлығына мүнәсип табылды.


Жеӊимпазлар мәденият министрлиги тәрепинен диплом ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанындағы «Мәдениятты қоллап-қуўатлаў» фонды тәрепинен қаржылай хошаметленди.

Skip to content