blog image

Дыққат таӊлаў!

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги қарақалпақ халқыныӊ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығы мүнәсибети менен «Айт сен Әжинияздыӊ қосықларынан» атамасында халық қосықлары атқарыўшыларыныӊ республикалық таӊлаўын жәриялайды.
Таӊлаў усы жылдыӊ 12-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында болып өтеди.

Таӊлаўға 18-35 жас аралығындағы талантлы халық қосық атқарыўшылары қатнасыўы мүмкин.Таңлаў қатнасыўшылары Әжинияз Қосыбай улы қәлемине тийисли болған халық қосықларынан 2 қосық халық сазлары ансамбли ҳәм камер оркестри менен бирге жанлы ҳаўазда атқарыўы лазым.

Таӊлаўға қатнасыўшылардыӊ ҳүжжетлери усы жылдыӊ 10-ноябрине шекем қабыл етиледи. Мағлыўмат ушын телефон: 91 301 39 01

Таӊлаў жеӊимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанындағы Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды тәрепинен хошаметленеди.

Skip to content