blog image

Премьера

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Муза» жеке театрыныӊ екинши мәўсиминиӊ ашылыў мәресими ҳәм «Муҳаббат бәндиргиси» спектаклиниӊ премьерасы болып өтти.

Кабаре жанрында сахналастырылған спектакль социаллық тармақлар арқалы тамашагөйлерден келген хатлар тийкарында сахналастырылған. Яғный, тамашагөйлер басынан өткерген муҳаббат қыссаларын, турмыстыӊ ойлы-бәлент жолларында жүз берген ўақыяларын хатларға түсирип жоллаған.

Спектакль адамларды муҳаббат қәдирлеў, кишкене ўатан деп аталған шаӊарақты муқаддес билиў, оны қорғаў, ата-аналық жуўапкершилигин сезиниў, перзентлер тәрбиясы ҳәм олардыӊ келешегине бийпарық болмаўға шақырады.

Премьераға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев қатнасты.

Skip to content