«Мен Ўатанымды жырлайман» сүрени астында ўатансүйиўшилик темасындағы қосықлар таӊлаўы өткерилди
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен «Мен Ўатанымды жырлайман» сүрени астында ўатансүйиўшилик темасындағы қосықлар таӊлаўы шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен тастыйықланған «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети тәрепинен 2024-жылы өткерилетуғын илажлар бойынша жол-картасы»ниң (26.01.2024-ж. 01-12/05-21) 73-бәнти ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊесининг 2024-жыл июнь-декабрь айлары даўамында тараўды раўажландырыў ҳәм үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириўге байланыслы “Жол картасы”ныӊ 36-бәнтиниӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген қосықлар танлаўында “Қосық ҳәм ойын” ансамблиниң қосықшысы Турдымурат Тлеўмуратов 1-орын, “Гүлзар” фольклор ансамблиниң қосықшысы Урхия Алланиязова 2-орын, “Айқулаш” қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң қосықшысы Султан Кеўлимжаев 3-орынды ийеледи.
Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Министрликтиң мәлимлеме хызмети