blog image

Усы жылдың 22-24-август күнлери Башқуртстан Республикасында II халықаралық “Гүз романтикасы” классикалық музыка фестивалы болып өтеди.

Кеше усы фестивальға қатнасыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Жеңисбек Пиязов, халықаралық таңлаўлардың жеңимпазы Өтемис Жуманиязов, Маманбий Жумабаев ҳәм Хурсандбек Атамуратовлар Башқуртстан Республикасына жөнеп кеткен еди.

Бүгин усы фестивальда  қарақалпақстанлы көркем өнер шеберлери ҳәм талантлы жаслар қатнасыўында  концерт бағдарламасы болып өтеди.

Skip to content