Баспасөз конференциясы
БАЛАЛАР МУЗЫКА ҲӘМ КӨРКЕМ ӨНЕР МЕКТЕПЛЕРИНИӉ ИСКЕРЛИГИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ
Бүгин пайтахтымыздағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниӊ искерлиги бойынша баспасөз конференциясы болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Мәрденият министриниӊ биринши орынбасары Б.Аллаков, министрликтиӊ билимлендириў мәкемелери хызметин муўапықластырыў бөлими бас қәнигеси П.Авезмуратов, қала ҳәм районлардағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниӊ басшылары менен ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.
Бүгинги күнде республикамызда 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби жумыс алып бармақта. Оларда көркем өнердиӊ 14 бағдары бойынша 7 мыӊнан аслам жаслар билим алып атырған болса, оларға 900 ден аслам муғаллимлер өнер сырларын үйретип келмекте. Быйылғы оқыў жылында республикамыз бойынша 1009 оқыўшы усы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин табыслы питкерип шықты. Ал, усы күнлери болса республикамыздағы барлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде 2024-2025-оқыў жылы ушын оқыўшыларды қабыллаў процеси даўам етпекте.
ϴткерилген илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Министрликтиӊ мәлимлеме хызмети