blog image

«ХАЛҚАБАД» МӘДЕНИЯТ ОРАЙЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

 

Соӊғы жыллары мәмлекетимизде барлық тараўлар қатары мәденият ҳәм көркем өнер тараўын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгин Кегейли районындағы «Қуяшлы» МПЖ да жайласқан «Халқабад» мәденият орайы имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Имараттыӊ ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, район ҳәкими А.Камаловлар менен бирге тараў хызметкерлери қатнасты.

 

Илажда сөзге шыққанлар Президентимиз тәрепинен елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын қоллап-қуўатлаў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтип, аймақ турғынларын ҳәм тараў хызметкерлерин жаӊа мәденият орайыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Кегейли районы «Қуяшлы» МПЖ да жайласқан «Халқабад» мәденият орайы имараты 1963-жылы қурылған болып, пайдаланыўға жарамсыз ҳалға келип қалған еди.
Мәденият орайыныӊ қурылыс жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2023-жыл 22-июньдағы «Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларындағы халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде социаллық тараў ҳәм де инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ҳаққында»ғы 1235-санлы қарарына муўапық Республика бюджети қаржылары есабынан 2,7 миллиард сўмға жаңадан қурылды.
Сондай-ақ, имаратты инвентарьлар менен тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумының 2024-жыл 6-март күнги 1556-санлы карары менен 890 млн 125 мын сўм қаржы ажыратылып, мәденият орайы толық заманагөй инвентарьлар ҳәм 25 ден артық музыка әсбаплары, сес күшейттириўши үскенелер, оқыў қолланбалары менен тәмийинленген.
«Халқабад» мәденият орайы 168 орынға мөлшерленген болып, бул жерде 3 дөгерек жумыс алып бармақта. Оларға 60 қа жақын аймақ жаслары қамтып алынған.
-Президентимиздиӊ итибары менен Кегейли районында және бир заманагөй имарат бой тиклеп, халқымыз қуўанышқа бөленип атыр. Бундай итибардан жүдә миннетдармыз, әсиресе, жасларымыздыӊ қуўанышыныӊ шеги жоқ, -дейди орай хызметкери Айгүл Сатуллаева.
Илаж қатнасыўшылары жаӊа мәденият орайында жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Skip to content