blog image

Таӊлаў

“САҲРА БҮЛБИЛЛЕРИ” ТАӉЛАНДЫ

Қанлыкөл районындағы Мәденият орайында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен талантлы ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Айымхан Шамуратова естелигине бағышланған “Саҳра бүлбили” атлы республикалық таңлаўы болып өтти.
Оған республикамыздыӊ қала ҳәм районларынан 6 жастан 35 жас аралығындағы отызға шамалас талантлы ҳаял-қызлар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары, Б.Аллаков,  Қанлыкөл районы  ҳәкими  Б.Султанов, қосықшының қызы А.Шамуратова,Өзбекстан халық артисти Р.Сапаровалар сөзге шығып, өткерилип атырған таңлаўдың әҳмийети туўралы кеңнен сөз етти.

Атап отилгениндей, өзиниң йошлы қосықлары, өлмес образлары менен халқымыздың кеўлинен терең орын ийелеген 60 жылдан аслам дөретиўшилик майданында мийнет еткен Айымхан Шамуратованың исмин халқымыз үлкен ҳүрмет пенен тилге алады. Сөнбес сахна жулдызы Айымхан Шамуртова 1917-жылы Қоңырат районының Қанлыкөл аймағында дүньяға келеди. 1932-жылы Төрткүлке оқыўға келип, ҳәўескерлер дөгерегине қатнайды. Жағымлы ҳаўазы, тәбият инәм еткен илаҳийда таланты менен көзге түскен Айымхан Шамуратова театр сахнасында дәслеп “Қорлықтан азат”, “Бул ким?”, “Гүлсара”, “Теңин тапқан қыз”, соңынан “Алпамыс”, “Қырық қыз”, “Ғәрип ашық”, “Бир үйде еки өмир”, “Раўшан” ҳәм басқа да спектакльлерде бас қаҳарман рольлерин шеберлик пенен атқарып, халқымыздың алғысына бөленди.
Айымхан Шамуратованың атқарыўындағы “Бозатаў”, “Муңлы қыз” қосықлары 1936-жылы биринши рет пластинкаға жазып алынады. Ол атқарған қосықлар бүгинги күни де өз әҳмийетин жойтпай, қосықшылық өнерине қәдем таслап атырған жасларымыз ушын шеберлик мектеби ўазыйпасын атқарып киятыр. Ол Түркменстан, Қазақстан, Тәжикстан, Әзербайжан еллеринде өткерилген мәденият күнлеринде, Орта Азия еллериниң көркем өнер фестивальларында мүнәсип қатнасып, елимиздиң бай мәдениятын, көркем өнерин дүнья халықларына танытыўда белсендилик көрсетти.
Атап өтиў орынлы, көп жыллардан берли республикамызда Айымхан Шамуратованың естелигине жас қосық атқарыўшылардың таңлаўы өткерилип келинбекте. Сондай-ақ, Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалардың үй музейи ҳәм “Айымхан лапызы” ансамбли шөлкемлестирилип, буған Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалардың қызы Айымгүл Шамуратова басшылық етип киятыр. Атақлы сахна шебери Айымхан Шамуратованың мийнетлери ылайықлы баҳаланып, түрли жылларда “Қарақалпақстан халық артисти”, “Өзбекстан халық артисти”, “СССР халық артисти” ҳәм “Буюк хизматлари учун” ордени менен сыйлықланды.
ϴткерилген таӊлаў шын мәнисинде елимизде Айымхан шамуратованыӊ мүнәсип избасарлары жетилисип шығып атырғанлығыныӊ айқын мысалы болды. Таӊлаў жуўмағында 16-19-жас аралығындағы ҳаял-қызлар арасынан биринши орынды Саятхан Жолдасбаева (Нөкис қаласы), екинши орынды Азиза Қарлыбаева (Кегейли районы), үшинши орынды Альфия Муратбаева (Нөкис қаласы)лар жеӊип алды. Ал, 19-35-жас аралығындағы қатнасыўшылар арасынан биринши орын Миясар Жуматова (Нөкис қаласы), екинши орын Гүмисай Есназарова (Қанлыкөл районы), үшинши орын Севара Аллаяроваларға (Қоӊырат районы) несип етти.
Жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған дилом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Министрликтиӊ мәлимлеме хызмети

Skip to content