БЕЛГИЛИ КОМПОЗИТОРДЫҢ ДӨРЕТИЎШИЛИК КЕШЕСИ БОЛЫП ӨТТИ
Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, белгили композитор Улбийби Абдуллаеваның 60 жыллық юбилейине бағышланған дөретиўшилик кешеси болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң бас қәнигеси П.Авезмуратов, филиал директоры А.Аяпов, атақлы композитор Қ.Заретдинов, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери Қ.Турдиев ҳ.т.б.лар сөзге шығып, композитордың дөретиўшилик мийнет жолы туўралы сөз етти.
Атап өтилгениндей, У.Абдуллаева балалығынан музыка менен сырлас болып, бүгинги күнде музыка көркем өнериниӊ талантлы ўәкиллери қатарынан орын алды. Ол талантлы композитор, педагог, шебер шөлкемлестириўши болыў менен бирге қарақалпақ музыка көркем өнеринде үлкен жанрдағы шығармалар, жанға жағымлы, кеўилге қонымлы намалардыӊ дөретиўшиси, Өзбекстан композиторлар аўқамының ағзасы.
У.Абдуллаева 1989-жылы М.Ашрафий атындағы Ташкент мәмлекетлик консерваториясын табыслы тамамлады. Мийнет жолы даўамында Ж.Шамуратов атындағы Нөкис көркем өнер училищесинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында, 1996-2004-жыллары Нөкис қалалық 1-санлы мәденият үйинде «Нәўше» атындағы балалар вокал ансамблиниң музыкалық жақтан басшысы, ҳәзирги Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде 33 жыл даўамында оқытыўшы ҳәм бөлим баслығы болып жемисли мийнет етти. 2022-жылдан бүгинги күнге шекем Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жасларға музыканыӊ әлўан түрли сырларын үйретип, устазлық етип киятыр.
Ол дөретиўшиликте жасы үлкенлер ҳәм балалар ушын бир қатар бийтәкирар намаларды дөретиў менен бирге туӊғыш «Бахытлы балалық», Т.Даўлетмуратова менен биргеликте «Қарақалпақ композиторларының вокал шығармалары», 2018-жылы «Қарақалпақ композиторларының фортепиано шығармалары» оқыў қолланбалары менен 2022-жылы «Баҳасын жоғалтпаған намалар» атамасындағы монографиясы баспадан шықты. Сондай-ақ, республикамыз театрларында сахналастырылған музыкалық спектакльлерге ҳәм кинофильмлерге намалар дөретти.
У.Абдуллаеваның мийнетлериӊиз мүнәсип баҳаланып, 2000-жылы Қарақалапқстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ «Ҳүрмет жарлығы», 2010-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген көркем өнер ғайраткери», «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Илаж композитордың шығармаларынан ибарат концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Министрликтиң мәлимлеме хызмети