ДАҒАЗА!
Ҳүрметли ўатанласлар!
⚡️Усы жылдың 6-7-8-сентябрь күнлери Қазақстан Республикасының Алматы қаласындағы Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театры жәмәәти дөретиўшилик сапар менен республикамызда мийманда болады.
Театр жәмәәти Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында:
⚡️6-сентябрь күни саат 17:00де Г.Мүсиреповтың «Қыз Жипек» музыкалы драмасын;
⚡️7-сентябрь күни саат 17:00де А.Володиниң «Хошласқым келмейди» драмасын;
⚡️8-сентябрь күни саат 17:00де С.Досжанованың «Муҳаббат пенен ҳәсирет» драмасын тамашагөйлерге усынады.
Барлық театр ықласбентлерин спектакльлерди тамашалаўға мирәт етемиз.