blog image

ТАРАЎҒА АЙРЫҚША ИТИБАР ҚАРАТЫЛМАҚТА

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы мәкемелерге хызмет автотранспортларын тапсырыўға бағышланған илаж болып өтти.

Оған кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери, тараў нураныйлары, республикалық, қала ҳәм районлық мәкеме басшылары менен ҒХҚ ныӊ хызметкерлери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 30-март күнги Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмағы бойынша қабылланған 15-санлы баянламасына муўапық, алыс ҳәм шетки аймақлардағы халыққа “Мәҳәллебай” мәдений хызмет кѳрсетиў системасын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасыдағы Министрлер Кеңеси жанындағы мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды Қәўендерлик Кеңеси қаржылары есабынан “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблине барлық қолайлықларға ийе болған арнаўлы заманагѳй “КИНГ ЛОНГ” автобусы тапсырылды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2022-жыл 2-февральдағы ПҚ-112-санлы қарарына тийкар Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрына “Исузу” жүк автотранспорты, 7 районлық (Әмиўдәрья, Шымбай, Мойнақ, Қанлыкөл, Хожели, Нөкис хәм Елликқала районы) мәденият бөлимлерине “Дамас” автотранспорты тапсырылды.
Буннан тысқары Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген “Халыққа мәдений хызмет көрсетиў дәрежесин буннан былайда арттырыў илажлары ҳаққында” 2023-жыл 25-декабрьдеги ПҚ-406-санлы қарарының 4-қосымшасы менен тастыйықланған мәнзилли режесине тийкар республика бюджети қаржылары есабынан Төрткүл районы “Тарона” , Кегейли районы “Жилўа”, Тахтакөпир районы “Шуғла”, Шоманай районы “Ғулпақ” қосық ҳәм ойын ансамбльлери, Нөкис районы “Ақманғыт таңы”, Қараөзек районы “Мыңтүмен”, Әмиўдәрья районы “Офарин” фолклор этнографиялық халық ансамбльлерине ҳәм Қоңырат районы “Әбдираман Өтепов” атындағы халық театры жәмәәти, Нөкис қаласы “Ғумша” үлгили балалар жәмәәти менен Беруний районы “Семруҳ” эстрада халық жәмәәтине бир комплекттен сес күшейтириўши үскенелери берилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасындағы барлық Мәденият орайлары ушын 5 түрдеги (172 дана гиржек, най, дәп, дутар ҳәм рубаб) миллий музыкалық саз әсбаплары берилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы А.Орынбаев қатнасты.

Министрликтиӊ мәлимлеме хызмети

Skip to content