blog image

Медиа тур

ТЕАТР ТУРМЫСЫ МЕНЕН ЖАҚЫННАН ТАНЫСТЫ

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрына медиа тур шөлкемлестирилди.
Оған ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалыныӊ студент жаслары менен ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниӊ баспасөз хаткери Г.Палўанова, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрыныӊ бас режиссёры ϴ.Бектурғановлар сөзге шығып, өткерилип атырған медиа турдыӊ әҳмийетине кеӊнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Қарақлапақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры 1978-жылы шөлкемлестирилип, туӊғыш пердеси К.Рахмановтыӊ «Егленген бәҳәр» спектакли менен ашылады. Быйыл өзиниӊ 46 мәўсимин ашқан театр жәмәәтинде 100 ден аслам дөретиўши хызметкерлер жумыс алып барады. Театрдыӊ имараты 2018-жылы жаӊадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылған. Бүгинги күнде театр репертуарынан 30 ға жақын спектакльлер орын алған.
Медиа турда жаслар театрдыӊ гримёр, костьюмер, художник, тигиў цехы, шырақ усталары менен, актёр, режиссёрлардыӊ жумыс барысы менен жақыннан танысып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

― Медиа тур менде айрықша тәсир қалдырды, ―дейди ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалыныӊ 1-курс студенти Саламат Сатуллаев. ― Театр турмысы, сахна артындағы жумыс барысы менен жақыннан таныстым, театр ҳаққында кеӊнен түсиникке ийе болдық.
ϴткерилген илаж қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

Перейти к содержимому