ТАӉЛАЎ ЖЕӉИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Мәлим еткенимиздей, 4-5-октябрь күнлери Төрткүл районында Өзбекстан, Қарақалапқстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықлардыӊ лауреаты, миллий қосықшылық көркем өнериниӊ тийкаршыларыныӊ бири Атажан Худайшукуров туўылғаныныӊ 80 жыллығына бағышланған бир қатар илажлар өткерилди.
Бүгин райондағы А.Худайшукуров атындағы 52-санлы Мәденият орайында Атажан Худайшукуров өткерилген илажлардыӊ жуўмағына ҳәм жас атқарыўшылардыӊ республикалық «Ана дияр жыршысы» көрик таӊлаўы жеӊимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Салтанатлы илаж алдынан, халқымыздың руўхый дүньясын байытыў, миллий дәстүрлеримизди, тарийхый ҳәм руўхый мийрасларымызды үгит-нәсиятлаў, жас әўладты Ўатанға садықлық,улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери, сондай-ақ, Атажан Худайшукуров туўылғаныныӊ 80 жыллық юбилейин жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң сазендеси Ғафур Худайшукуров ҳәм А.Худайшукров атындағы 52-санлы Мәденият орайының дөгерек басшысы Юлдаш Абдураимовлар «Ардақлы нураный», А.Худайшукров атындағы 52-санлы Мәденият орайының баслығы Бахтияр Худайшукуров ҳәм усы орайдыӊ көркемлик жақтан басшысы Иззат Аллабергеновлар «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери менен сыйлықланды.
ϴткерилген таӊлаў жуўмағында биринши орынды Сирожиддин Омонов (Хорезм ўәлаяты), екинши орынды Еркин Мадрахимов (Төрткўл районы) ҳәм Мурад Нуриев (Самарқанд ўәлаяты), үшинши орынды Алишер Каримбоев (Төрткүл районы) ҳәм Улуғбек Саидовлар (Наўайы ўәлаяты) ийеледи.
Сондай-ақ, таӊлаўда Тахир Атаджанов «Еӊ жақсы сувора атқарыўшысы», Сирожиддин Юлдашев «Еӊ жақсы даўыс ийеси», Бўрибек Баҳрамов «Еӊ жақсы атқарыўшы» ҳәм Ихтияр Аллаяров «Еӊ уқсас даўыс ийеси» номинациялары бойынша жеӊимпаз деп табылды.
Жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Салтанатлы илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардыӊ концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов қатнасты.