blog image

БЕЛГИЛИ ТАРАЎ ХЫЗМЕТКЕРИНИӉ ЮБИЛЕЙИ БОЛЫП ϴТТИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, “Меҳнат фаҳрийси” көкирек белгиси ийеси Жолдасбай Турдымуратовтың 75 жыллық юбилей кешеси болып өтти.

Оған тараў хызметкерлери, юбилиярдыӊ кәсиплеслери менен шәкиртлери, кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалапқстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев сөзге шығып, жыйналғанларды Жолдасбай Турдымуратовтың 75 жыллық юбилейи менен қутлықлап, оныӊ дөретиўшилик мийнет жолы туўралы айтып өтти.

Атап өтилгениндей, Жолдасбай Турдымуратов пүткил өмирин қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнери, әсиресе, қарақалпақ миллий хореография көркем өнериниң раўажланыўына бағышлаған пидайы тараў хызметкерлериниӊ бири.
Өзиниң зейинлилиги, шаққанлығы, айрықша шөлкемлестириўшилик уқыбы менен көзге түсип, қарақалпақ хореография көркем өнерин раўажландырыўға, көркем өнер менен мәдениятымызды жақсылаўға өз үлесин қосқан.
Ол 1976-жылы Ташкент театр ҳәм сүўретшилик институтының режиссёр балет бѳлимин табыслы тамамлап, сол жылы ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына балетмейстер лаўазымында жумыс баслаған.
Сондай-ақ, өткен дәўирлер ишинде 1985-жылы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебинде директор, 1987-жылы Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары, 1991-1999-жылллары ҳәзирги академиялық театр директоры лаўазымларында хызмет етти.
Буннан соӊ 1999-жылы «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли директоры, 2005–2007-жыллары Қарақалпақстан Республикасы мәденият ҳәм спорт министри лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды.
Мийнет жолы даўамында 2007-2012-жыллар аралығында Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагѳйлер театрында ҳәм Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебинде директор, буннан соң Республикалық қәнигелестирилген сүўретлеў көркем ѳнери мектебинде директор орынбасары лаўазымында ислеп, 2013-2016-жыллары Ѳзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында, 2016-жылдан бүгинги күнге шекем Нѳкис қалалық 22-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебинде «Айқулақ» ансамблиниӊ кѳркемлик жақтан басшысы болып табыслы мийнет ислеп келмекте.
Оның пидәкерлик мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, 1996-жылы “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген мәденият хызметкери” ҳүрметли атағы ҳәм 2020-жылы “Меҳнат фаҳрийси” көкирек белгилери менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер шеберлери менен жас талант ийелериниӊ атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Министрликтиӊ мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому