blog image

Таӊлаў

“АЙТ СЕН ӘЖИНИЯЗДЫӉ ҚОСЫҚЛАРЫНАН”

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген қарақалпақ халқыныӊ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығына бағышланған «Айт сен Әжинияздыӊ қосықларынан» атамасында халық қосықлары атқарыўшыларыныӊ республикалық таӊлаўы болып өтти.

Оған республикамыздыӊ қала ҳәм районларынан келген 18-35 жас аралығындағы 40 қа жақын талантлы халық қосық атқарыўшылары қатнасты.

Таңлаўда қатнасыўшылары Әжинияз Қосыбай улы қәлемине тийисли болған халық қосықларынан жанлы ҳаўазда атқарып шықты. Олардыӊ талантларына таӊлаў нызамына бола тәжирийбели төрешилер топары тәрепинен бақланып ҳәм баҳаланып барылды.

Таӊлаў жуўмағында биринши орынды Сапарбай Шерманов (Нөкис қаласы), екинши орынды Ислам Махаммадияров (Нөкис қаласы) ҳәм Ислам Зинатдинов (Төрткүл районы), ал, үшинши орынды Хайрулла Айимбетов (Нөкис қаласы), Камал Бийсенбаев (Нөкис қаласы), Ринат Юсупов (Қоӊырат районы) лар жеӊимп алды. Сондай-ақ, таӊлаўда Гөззал Қәлимбетова (Қараөзек районы), Надира Караматдинова (Қараөзек районы), Азамат Елмуратов (Нөкис қаласы), Абдирахим ϴмирзақовлар (Нөкис қаласы) “Еӊ жақсы таӊланған қосық” номинациясы бойынша жеӊимпаз болды Ал, Жеӊисбай Жақсыликов (Кегейли районы), Саидазим Қаржаўбаев (Мойнақ районы), Бахтияр Мадреймов (Нөкис қаласы), Нурлыбек Жақсымуратов (Хожели районы) ҳәм Саёра Базарбаевлар (Қараөзек районы) таӊлаўда белсене қатнасқанлығы ушын Мәденият министрлиги тәрепинен “Ҳүрмет жарлық” пенен сыйлықланды.

Таӊлаў жеӊимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев қатнасты.

Министрликтиӊ мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому