blog image

Хызмет сапары

ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕРГЕ БАҒДАРЛАНДЫ
ϴзбекстан Республикасы Мәденият министриниӊ орынбасары Ю.Усманов хызмет сапары менен Қарақалпақстан Республикасында болып турыпты.
Бүгин министр орынбсары Қарақалапқстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, ϴзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниӊ Театр ҳәм цирк көркем өнери жумысын муўапықластырыў бөлими баслығы Ҳ.Эшдавлатовлар менен биргеликте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Жыйналыста академиялық театр директоры лаўазымына бүгинги күнге шекем ϴзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы директорыныӊ жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбсараы болып ислеп киятырған, көркемөнертаныў илимлери бойынша философия докторы мамутов Парахат Алламберген улы тайынланды.

Усы күнниӊ өзинде министр орынбасары ϴзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы турмысы менен танысып, филиалдыӊ жаӊа қурылыс жумыслары менен байланыслы мәселелер бойынша тапсырмалар тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, Ю.Усманов Нөкис районында болып районлық Мәденият бөлими балансында турған «Қырантаў» АПЖ ға қараслы «Шортанбай» аўыл пуқаралар жыйнындағы мәденият орайы имаратында «Шортанбай сити» жеке меншик кәрханасыныӊ мәмлекетлик шекем шерикшилик тийкарында жумыс алып барыўы бойынша исбилерменлер менен сөйлесиўлер алып барды.
Министр орынбасарыныӊ хызмет сапары даўам етпекте.

Министрликтиӊ мәлимлеме хызмети

Перейти к содержимому