“Әжинияз” операсы
Халықаралық конференция қатнасыўшыларына “Әжинияз” операсы қойып берилди
Мәлим еткенимиздей, республикамызда Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети “Сөйле ҳә, бүлбилзибаным” атамасында халықаралық илимий-теориялық конферениця өз жумысын баслады.
Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында конференция қатнасыўшылары ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллерине “Әжинияз” операсы қойып берилди.
Қарақалпақ халқыныӊ биринши миллий операсы болған «Әжинияз» операсы дәслепки рет 1987-жылы сахналастырылды. Быйыл Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен опера мәмлекетлик буйыртпа тийкарында жаӊаша көринисте қайта сахналастырылды.
Әжинияз Қосыбай улыныӊ өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында сөз етиўши 3 актли, 7 картиналы операныӊ авторы атақлы композитор, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиӊген кѳркем ѳнер ғайраткери Нажиммаддин Мухаммеддинов, либретто авторы ϴзбекстан Қаҳарманы, ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов, сахналастырыўшы режиссёры Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Марқабай Үсенов, музыкалық жақтан басшысы ҳәм дирижёры Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиӊген кѳркем ѳнер ғайраткери Қурбанбай Заретдинов, художниги Қарақалапқстан Республикасына мийнети сиӊген көркем өнер ғайраткери Заўқы Сайыпов. Операда рольлерди академиялық театрдыӊ талантлы актёрлары шеберлик пенен атқарып шықты. Министрликтиң мәлимлеме хызмети