blog image

БАЛАЛАР МУЗЫКА ҲӘМ КϴРКЕМ ϴНЕР МЕКТЕПЛЕРИНИӉ АВГУСТ КЕӉЕСИ ϴТКЕРИЛДИ

Пайтахтымыздағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери директорлар жумысларын муўапықластырыўшы Кеңесиниң 2024-2025-оқыў жылында балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқыў тәрбия жумысларын шөлкемлестириў, тәлим сыпаты ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслардыӊ нәтийжелигин асырыў мәселелерине бағышланған дәстүрий август кеӊеси өткерилди.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Мәрденият министриниӊ биринши орынбасары Б.Аллаков ашып берди. Жыйналыста министрликтиӊ билимлендириў мәкемелери хызметин муўапықластырыў бөлими бас қәнигеси П.Авезмуратов, республикалық балалар музыка ҳам көркем өнер мектеплери директорлары кеңеси баслығы А.Ережеповлар сөзге шығып, 2024-2025-оқыў жылы ушын белгиленген тәртипте оқыў ис-режесин тастыйықлаў, жаӊа оқыў жылына мектеплердиӊ таярлық ҳалатлары, сондай-ақ, басланыў алдында турған оқыў жылында да талантлы оқыўшыларды республикалық ҳәм халықаралық таӊлаўларға таярлаў ҳ.т.б.да шөлкемлестириў мәселелери бойынша кеӊ түрде айтып өтти.

Мағлыўмат ушын, бүгинги күнде республикамызда 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби бар болып, оларда көркем өнердиӊ 14 бағдары бойынша 7 мыӊнан аслам жаслар билим алмақта.

Министрликтиң мәлимлеме хызмети

Skip to content