Баспасөз конференциясы
Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театры
6-8-сентябрь күнлери республикамызға дөретиўшилик сапарын әмелге асырмақта.
Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы академиялық театрда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги шөлкемлестириўинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз конференциясы болып өтти.
Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ мәлимлеме хызмети баслығы Бектурсын Хожанов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги сектор баслығы Байрам Айтмуратов, М.Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театры директоры Жуасбек Еркин Тилеуқул улы, усы театр режиссёры Елик Нурсолтан ҳәм театрдыӊ дөретиўшилик жәмәәти менен ғалаба хабар қуралларыныӊ хызметкерлери қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң баспасөз хаткери Гүлмира Палўанова басқарып барды.
Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Қазақстан Республикалары арасындағы сиясий, социаллық-экономикалық, мәдений байланыслар беккемленип, халықларымыздың көп әсирлик дослық ҳәм туўысқанлық қарым-қатнаслары жаңа басқышқа көтерилди.
Әсиресе, көркем өнер ҳәм мәденият тараўында өзара бирге ислесиў, тәжирийбе алмасыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры усы жылдың апрель айында Қазақстан Республикасында гастроль сапарында болды.
Театр жәмәәти дөретиўшилик сапар даўамында 6-сентябрь күни саат 17:00 де Ғабит Мүсиреповтың «Қыз Жибек» музыкалық драмасы, 7-сентябрь күни саат 17:00де академиялық театрда, саат 19:30 Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Александр Володинниң «Хошласқым келмейди!..» драмасы, 8 сентябрь күни саат 17:00 Сәўле Досжанованың «Муҳаббат пенен ҳәсирет» драмасын тамашагөйлерге усынады.
Театр жәмәәти 9-сентябрь күни дөретиўшилик сапарын жуўмақлап, Алматыға жөнеп кетеди.