ТАЛАНТЛЫ ЖАСЛАР ТАӉЛАНДЫ
Пайтахтымыздағы 2-санлы арнаўлы мәденият орайында мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жумыс алып барып атырған дөретиўши жаслар арасынан еӊ талантлыларын таӊлап алыў, олар ушын дөретиўшилик майдан жаратыў ҳәм талантлы жаслардыӊ жаӊа дизимин қәлиплестирип барыў мақсетинде «Жаӊа ϴзбекстан талантлылары» таӊлаўыныӊ Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Оған республикамыздыӊ қала ҳәм районларында жумыс алып барып атырған 18жастан 35 жасқа шекемги болған 50ден аслам жаслар менен фольклор жәмәәтлери қатнасты. Таӊлаў жуўмағында «Дәстүрий қосықшылық» бағдары бойынша Муратбаева Альфия, «Академиялық қосықшылық» бойынша Қыдырбаев Бахыт, «Эстрада қосықшылығы» жөнелисинен калбаев Азим, «Эстрада саз атқарыўшылығы» бойынша Жуманазаров Баҳрам, « Баслаўшылық» тан мадримов Хайрулла, «Миллий ойын атқарыўшылығы» бойынша Юлдуз Рахимова, «Актёрлық шеберлиги» нен Алима Раметуллаева, «Фольклор-этнографиялық ҳәм балалар үлгили жәмәәти» бойынша «Суў серпер» фольклор жәмәәти Ташкент қаласында болып өтетуғын таӊлаўдыӊ ϴзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.
―Қатнасыўшылардыӊ шеберлиги қәнигели төрешлер қурамы тәрепинен атқарыў шеберлиги, профессионал таярлығы, сахна ҳәм кийиниў мәденияты сыяқлы критериялар тийкарында баҳалап барылды, ―дейди министрликтиӊ бас қәнигеси Ықлас Мәмбетназаров.
Мағлыўмат ушын, таӊлаўдыӊ жуўмақлаўшы басқышы сентябрь айыныӊ ақырында Ташкент қаласында болып өтеди.