blog image

АТАҚЛЫ ҚОСЫҚШЫНЫҢ ЮБИЛЕЙИ БЕЛГИЛЕНДИ

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Татарстан халық артисти Тамара Дошумованың 70 жыллық юбилейине бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.

Оған елимизге белгили көркем өнер ғайраткерлери, юбилиярдың шаңарақ ағзалары менен шәкиртлери, кәсиплеслери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ҒХҚ ның хызметкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов шығып сөйлеп, Тамара Дошумованың елимиз мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыўда қосқан салмақлы үлесин айрықша атап өтти. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен таярланған естелик саўғаларын, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгисин тапсырды.

Атап өтилгениндей, 1983-жылы Ташкент қаласындағы Н.Островский атындағы театр ҳәм сүўретшилик көркем өнер институтыныӊ «Драма ҳәм кино актёрлығы» бөлимин табыслы тамамлаған Т.Дошумова мийнет жолын сол ўақыттағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясында (ҳәзирги «Айқулаш» ансамблинде) солист ретинде баслады ҳәм нәтийжели мийнет етип, мәмлектелик концертлерде, Дағыстан, Татарстан, Башқуртстан, Әзербайжан, Тажикстан Республикалары ҳәм Москва қаласында бир неше мәрте өткерилген «Қарақалпақ мәденияты ҳәм әдебияты күӊлери»ниӊ  белсене қатнасты.
Ол өзиниӊ айрықша таланты, кеӊ диапазонға ийе ҳаўазы, бийтәкирар атқарыў шеберлиги, тынымсыз мийнетлериниӊ арқасында халқымыз арасында айрықша ҳүрмет-иззетке бөленген, ел ардағындағы көркем өнер ғайраткерине айланды.
Т.Дошумованың репертуарындағы «Кеўил кеўилден суў ишер», «Және жайхун болып ақтыӊ да келдиӊ», «Аӊламас», «Ғошшақ үлкем», «Дембермес», «Ғулпақ», «Йўлларим», «Сениӊ ҳәр келгениӊ бәҳәр келгендей», «Түсер», «Налыш», «Кеўлимде барсаӊ», «Ойлайсаӊба» ҳәм басқада қосықлары арқалы «Арал бүлбили», «Қарақалпақ бүлбили», «Қосықшылар сәрдары», «Әпсанаўий қосықшы» сыяқлы жоқары баҳаларға мүнәсип болды.
Оның мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўына қосқан үлеси мүнәсип баҳаланып, 1974-жылы «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист», 1977-жылы «Қарақалпақстан Республикасы халық артисти», 1980-жылы «Өзбекстан  Республикасы халық артисти», 1981-жылы «Татарстан Республикасы халық артисти», 1984-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығына миясар болды.
Илажда Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери тәрепинен Т.Дошумова репертуарындағы қосықлар атқарылып, жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.

Skip to content